Siyosat САПЛАСТЫРЫЎ ТӘРТИП-ҚАҒЫЙДАЛАРЫ ӘПИЎАЙЫЛАСТЫРЫЛДЫ

САПЛАСТЫРЫЎ ТӘРТИП-ҚАҒЫЙДАЛАРЫ ӘПИЎАЙЫЛАСТЫРЫЛДЫ

0
САПЛАСТЫРЫЎ ТӘРТИП-ҚАҒЫЙДАЛАРЫ ӘПИЎАЙЫЛАСТЫРЫЛДЫ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 7-июнь күнги «Исбилерменлик субъектлерин сапластырыў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПП-5739-санлы Пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға муўапық 2020-жыл 1-январьдан баслап:

Финанс-хожалық жумысын әмелге асырмай атырған ҳәм нызамшылықта белгиленген мүддетлерде өзлериниң устав қорларын қәлиплестирмеген кәрханаларды сапластырыў бойынша турақлы ислеўши арнаўлы аймақлық комиссияларды сапластырыў;

Мәмлекетлик дизимнен өткерилген ўақыттан баслап биржыл даўамында устав қорын шөлкемлестириў ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған муғдарда қәлиплестирмегенлиги ушын исбилерменлик субъектлерин сапластырыў тәртибин бийкарлаў;

Мәмлекетлик органлар арасында электрон хабар алмасыўын енгизиў арқалы исбилерменлик субъектлерин сапластырыў процессиндеги артықша ҳүжжетлер ҳәм тәртип-қағыйдаларды қысқартыў белгилеп берилди.

         Соның менен бирге 2020-жыл 1-январьдан баслап төмендеги тәртип орнатылып, оған муўапық:

а)исбилерменлик субъектлери-юридикалық шахсларды (кейинги орынларда - кәрханалар) ыхтыярлы сапластырыўда;

бир яки бир неше турақлы басылымларда кәрхананың сапластырылыўы ҳаққында дағазалар бериў талап етилмейди, бунда тийисли мағлыўматлар дизимнен өткериўши уйымның рәсмий веб-сайтына жайластырылады;

мәмлекетлик дизимнен өткерилген ўақыттан баслап финанс-хожалық искерлигин әмелге асырмаған ҳәмде салық қарызы болмаған кәрханалардың финанс-хожалық жумыслары тексерилмейди;

мәмлекетлик салық органлары тәрепинен өткерилетуғын, сапластырылатуғын кәрхананың финанс-хожалық жумысларын тексериўдиң ең узақ аралығы үш жыл мүддетти қурайды;

финанс-хожалық жумысын тексериў ушын ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардан кәрхана ҳаққындағы мағлыўматларды алыў Исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм есапқа алыўдың автоматластырылған системасы (кейинги орынларда - система) арқалы әмелге асырылады;

кәрхананы ықтыярлы сапластырыўдың улыўма мүддети дизимнен өткериўши ықтыярлы сапластырыў ҳаққында хабардар етилген күннен баслап алты айдан аспаўы керек.

б)исбилерменлик субъектлери – физикалық шахслар өз искерлигин тоқтатыўда арза бериўши тәрепинен мәмлекетлик салық хызмети уйымының салықлар ҳәм басқа мәжбүрий төлемлер бойынша қарызы жоқлығы ҳаққындағы жуўмақты алыў талап етилмейди.

в)финанс-хожалық жумысларын әмелге асырмай атырған кәрханаларды сапластырыўда:

кәрхананы финанс-хожалық жумысларын әмелге асырмай атырған деп есаплаў ушын тийкар болатуғын мүддет тоғыз айды қурайды;

финанс-хожалық жумысларын әмелге асырмай атырған кәрханалар мәмлекетлик салық хызмети уйымының усынысына тийкар дизимнен өткериўши уйым тәрепинен үш жыл мүддетке ҳәрекетсиз режимине өткериледи;

ҳәрекетсиз режимине өткерилген кәрханалар искерлиги үш жыл даўамында тикленбегенде дизимнен өткериўши уйым оларды исбилерменлик субъектлерин бирден-бир мәмлекетлик реестринен шығарады.

П.Реймкулов

Тахтакөпир районы Мәмлекетлик

хызметлер орайы директоры