Siyosat ҮГИТ-НӘСИЯТ ИЛАЖЫ ӨТКЕРИЛДИ

ҮГИТ-НӘСИЯТ ИЛАЖЫ ӨТКЕРИЛДИ

0
ҮГИТ-НӘСИЯТ  ИЛАЖЫ ӨТКЕРИЛДИ

Өзбекстан Республикасы Халық демократиялық партиясы районлық Кеңеси тәрепинен  «Исенимли социаллық қорғаў-раўажланыў таянышы» атамасында үгит-нәсият илажы өткерилди.

Илажға билимлендириў мекемелери хызметкерлери, партияның белсенди ағзалары қатнасты.

Илаж даўамында районлық мәденият бөлими, балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебиниң оқытыўшы-оқыўшыларының атқарыўындағы саз-сәўбетли бағдарламасы қатнасыўшыларға көтериңки заўық бағышлады.

Сондай-ақ,  қатнасыўшылардың сиясий партиялар, сайлаў процесси бойынша түсиниклерин анықлаў мақсетинде сораў-жуўап өткерилип, ең дурыс жуўап ийелерине партия тәрепинен саўғалар берилди.

Бағдарламада 1-санлы мектептиң оқыўшысы Н.Рамбергенова өз дөретпелеринен оқып берди.

Сондай-ақ, илаж даўамында үгит-нәсият жумысларында белсендилик көрсеткен мекеме басшылары да саўғалар менен хошаметленди.

Ҳүрлиман АСЕНОВА