Siyosat ЖАҢА ТӘРТИП ЕНГИЗИЛДИ

ЖАҢА ТӘРТИП ЕНГИЗИЛДИ

0
ЖАҢА ТӘРТИП ЕНГИЗИЛДИ

«Юридикалық ҳәм физикалық шахслардың электр энергиясы, тәбийий газ, ишимлик суў ҳәм ыссы суўды есапқа алыў үскенелерин (есаплағышларды) шешип алыў, салыстырыўдан (гос. стандарт) өткериў ҳәм орнатыў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентлерин тастыйықлаў ҳақкында»ғы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 20-август күнги 698-санлы қарары қабыл етилди.

Қарар менен электр энергиясы, тәбийий газ, ишимлик ҳәм ыссы суўды есапқа алыў үскенелерин салыстырыўдан (гос.стандарт) өткериў бойынша ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды.

Қарарға муўапық, 2019-жыл 1-ноябрьден баслап есапқа алыў үскенелерин салыстырыўдан (гос.стандарт) өткериў бойынша мәмлекетлик хызметлер тек ғана Мәмлекетлик хызметлер орайлары яки Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы  арқалы әмелге асырылады.

Физикалық ҳәм юридикалық шахслар (турмыслық мүтәжликлер ушын электр энергиясынан пайдаланыўшы физикалық шахслардан басқа) Мәмлекетлик хызметлер орайына мүрәжат етиўлери яки Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында дизимнен өтиўлери керек.

Турмыслық мүтәжликлер ушын электр энергиясынан пайдаланыўшы физикалық шахслар есаплағышларын салыстырыўдан өткериў ушын тәмийнатшы кәрханалардың өзлери буйыртпа береди.

Мағлыўмат ушын: турмыслық мүтәжликлер ушын электр энергиясынан пайдаланыўшы тутыныўшылар-электр энергиясынан турмыслық мүтәжликлер ушын пайдаланыўшы пуқараларй ийелери/квартиралар ханалары ҳәм аймақты жарытыў, электр-турмыслық ҳәм басқа әсбаплардан пайдаланыў, аўқат таярлаў, ысытыў ҳәм ыссы суў тәмийнаты.).

Есаплағышты салыстырыўдан өткериў хызметин көрсеткенлиги ушын тутыныўшыныңтүрине  байланыслы ҳалда бөлинген суммасы белгиленди:

физикалық шахслардан-базалық есаплаў муғдарының 20%;

юридикалық шахслардан-базалық есаплаў муғдарының 1,5 есеси.

Хызмет Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы алынғанда жыйым суммасы 10% ке кемейеди.

Турмыслық тутыныўшылар электр энергиясын есапқа алыў үскенесин салыстырыўдан (гос.стандарт) өткериў ушын базалық есаплаў муғдарының 15% муғдарындағы жыйым суммасы аймақлық электр тармақлары кәрханасы тәрепинен төленеди. Турмыслық тутыныўшылардағы электр энергиясы есаплағышларын орнатыў, тамғалаў, дизимнен өткериў, оңлаў ҳәм жаңасына алмастырыўда электр тәмийнаты кәрханалары қаржылары есабынан әмелге асырылады.

Есаплағышты салыстырыўдан (гос.стандарт) өткериў менен байланыслы болмаған ҳалларда шешип алыў ҳәм орнатыў ушын жыйым өндирилмейди.

Есапқа алыў үскенелерин салыстырыў (гос.стандарт) мүддети юридикалық шахслар ушын 2 жылдан 4 жылға шекем, физикалық шахслар ушын 4 жылдан 8 жылға шекем узайттырылды. Еслетип өтемиз энергоресурслар қадағалаўы ҳәм есабының автоматластырылған системасын енгизиў шеңберинде орнатылған заманагөй электр энергиясы ҳәм газ есаплағышлары ушын салыстырыў аралық интервал 10 жылды қурайды.

 Есаплағышларды салыстырыўдан (гос.стандарт) өткергенлер қәўетерлениўи керек емес. 2019-жыл 1-ноябрьге шекем рәсмийлестирилген салыстырыў (гос.стандарт) сертификатларыныңәмел етиў мүддети өз күшинде қалады.

 Тәмийинлеўши шөлкемлер есапқа алыў үскенелерин өз ўақтында салыстырыўдан (гос.стандарт) өткерилиўин бақлап барады. Оларға мүддетли тексериўден өткериўдиң әмел етиў мүддети таўсылыўынан 30 күн алдын тутыныўшыларды мүддетли тексериўден өткериў зәрүрлиги ҳаққында жазба түрде ескертиў жүклетиледи. Бундай ескертиўдиң жоқлығы есаплағышты өз ўақтында салыстырыўдан өткермегенлиги ушын жуўапкершиликти тутыныўшыдан азат етеди.

Есапқа алыў үскенеси тутыныўшының айыбысыз ўақтыншалық бузылғанда яки салыстырыўдан (гос.стандарт) өткериў ушын шешип алынғанда, жеткерип берилген электр энергиясы ушын есап-китап Мәжбүрий орынлаў бюросын хабардар еткен ҳалда, алдынғы 3 есап-китап айындағы орташа жумсалған электр энергиясы бойынша анықланады. Бирақ есап-китаптың бундай тәртиби 1 айдан артық қолланылыўы мүмкин емес. Үскене усы мүддет даўамында орнатылмаған ҳалларда есап-китап орташа суткалық жумсалған электр энергиясы бойынша әмелге асырылады.

Гулчехра ДАУЛЕТИЯРОВА

Районлық Мәмлекетлик хызметлер

орайы байланыс операторы  (Call-center)