Sport СПОРТ-БЕККЕМ ШАҢАРАҚ ТИЙКАРЫ

СПОРТ-БЕККЕМ ШАҢАРАҚ ТИЙКАРЫ

0
СПОРТ-БЕККЕМ  ШАҢАРАҚ ТИЙКАРЫ

Кәрхана, мекеме ҳәм шөлкемлерде жумыс ислеп атырған хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын спорттың ғалабалық түрлерине қызықтырыў мақсетинде районлық балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде «Спорт-беккем шаңарағымыз тийкары» атамасында спартакиада болып өтти. Жарыс тийкарынан билимлендириў, илим ҳәм мәденият хызметкерлери кәсиплик аўқамы районлық Кеңеси, районлық халық билимлендириў ҳәм мектепке шекемги билимлендириў бөлимлери, районлық дене тәрбия ҳәм спорт бөлими менен биргеликте өткерилди.

Спартакиада жарысларына билимлендириў мекемелеринде ислеўши хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары (ата-ана ҳәм 8-12 жасқа шекемги ер яки қыз бала, жәми 3 адам) қатнасып, спортшылар спорттың 6 түри бойынша күш сынасты.

Спартакиадаға жәми 15 команда қатнасып, жарыс жуўмағында 1-орынды 4-санлы мектептен М. Серимбетовлар шаңарағы, 2-орынды 7-санлы мектептен Б.Тилеўбергеновлар шаңарағы, 3-орынды 2-санлы мектептен С.Қалиевлер шаңарағы ийеледи. Ал басқа қатнасыўшылардан және үш команда номинацияға ийе болды.

Жеңимпазлар билимлендириў, илим ҳәм мәденият хызметкерлери кәсиплик аўқамы районлық Кеңеси тәрепинен баҳалы саўға ҳәм дипломлар менен сыйлықланды.

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА