Sport Жерлес перзентин ардақлап

Жерлес перзентин ардақлап

0
Жерлес перзентин ардақлап

Дәўқарашылар спорттың волейбол түри бойынша республика көлеминдеги жарысларда жеңимпаз болып келген. Оларда күшли устаз болып, устаздан мектеп дөрелген. Бүгинги күнде де сол эстафета даўам етип киятыр. Волейбол бойынша спорт шебери ҳǝм жанкүйери болған Дәўқаралы устаз Үббинияз Серимбетовтың туўылғанына 60 жыл толды. Устаздың ҳүрметине   бағышлап спорттың волейбол түри бойынша ашық турнир өткерилди ҳәм оған район аймағынан 14 мәҳәлле қатнасты. 

1-орынды әдеттегидей "Дәўқара" АПЖ командасы,  2-орынды  "Айдынжол"шылар,
3-орынды Тахтакөпир посёлкалық пуқаралар жыйыны командалары жеңип алды. Жарыс жеңимпазлары район ҳәкимияты, дене тәрбия ҳам спорт бөлими және халық билимлендириў бөлими тәрепинен  шөлкемлестирилген диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети