Siyosat ЖЫНАЯТШЫҒА ӘДИЛ СУЛ ЖАЗАСЫН БЕРСИН

ЖЫНАЯТШЫҒА ӘДИЛ СУЛ ЖАЗАСЫН БЕРСИН

0
ЖЫНАЯТШЫҒА ӘДИЛ СУЛ ЖАЗАСЫН БЕРСИН

Балалығымызда кинотеатрларға ҳинд фильмлерин көриў ушын үлкенлердиң изине ерип, жас өспиримлик дәўиримизде болса өзлеримиз досларымыз бенен көп баратуғын едик. Ҳинд кинолары болатуғын күнлери касса алды баса-бас адам, билет алыў бир мүшкил  болады. Сондағы бизди қызықтыратуғыны ҳиндлердиң  романтикаға жүдә берилиўи, қыз бенен жигит гүллерге бүркелген атызда қосық айтып, ойынға түсиўден аспанда көк гүркиреп, жаўын жаўып кетиўи сыяқлы романтикалық көринислер еди. Бирақ, ҳинд киноларынан еки түрли тәсирлер менен шығатуғын едик. Бири бизди қызықтырған романтика болса, екиншиси байлар менен жарлылар арасындағы теңсизлик. Әсиресе бир адамға күйе жағылдыма, пүткил аўыл аймақ қәўими менен изине түсип алады. Балалықтағы сол көргеним баласы менен анасының изине адамлар ерип жүрип: “Анасы уры, баласы да уры!” деп кесеклеп урып жүргенлери елеге шекем ядымнан шықпайды. Арбаның үстине байлап қойып, тасборан еткенлерди де сол киноларда талай көрдик. Қәне нызам, қәне әдиллик? деп ойлай беретуғын едим. Себеби, бизде бундай өзи жазалаў деген нәрсе болмаған. Болса да ҳәр ким урлығы ушын өз баўырын, өз перзентин жазалаўы мүмкин. Ондада тәртипке шақырып, түсиндирип, енди қайталамаўын буйырып дегендей. Бул бәлким жазалаў емес, тәртипке шақырыў  болар?! 

Өткен бәҳәр күнлери интернетте Хорезм ўәлаяты базарларының биринде урлық ислегени ушын бир келиншектиң базардағы саўда ислеп турған адамлар тәрепинен кийимлерин шешип, ишки кийимде қалдырған видеосы кең тарқалып кетти. Көз алдыңызға келтирип көриң, өзи ҳаял адам болса, оны көптиң алдында буншама дәрежеде муқатыў шәртпе екен? Урлық пенен усландыма, оның қолынан-ақ байлап, милиция хызметкерин шақырып, урлығын дәлийллеп бөлимге берип жиберсе, соның өзи-ақ нашар ушын өлим менен барабар емеспе? Ол жерде қанша тамашагөй болды, қаншасы оны таныды, екинши ол ҳаялға деген базарда исеним де қалмайды. “Уры келди” деп ҳәммениң дыққаты сонда болады. Буннан артық өлим барма адамға?!

 Хорезмниң халқына ҳайран қалып жүрсек, “самосудтың көкеси” өзимизден шыққан жоқпа? Беруний районындағы “Шаббаз” ҳәптелик базарында урлық ислеўде гүманланған жигиттиң қолынан арқан менен байлап, базарға кире беристеги дәрўазаның жоқарысына  асып қойған видеосы анадан да асып түсти. Интернеттиң қайсы сайтына кирсең денени түршиктиретуғын усы видеоны көресең. Және аламанның ишинен бирде жасы үлкен, яки “самосуд”ты тоқтатыўға ҳәрекет етип атырған инсанды ушыратпайсаң. Қайта көпшилик болып “тергеп” атырғанына гүўа боласаң. “Жақынырақ түсир, анықлап көрсин адамлар” деп тапсырма берип жүр биреўлери. Арасында қызлардың да күлип тамаша етип турғанын көрип, мийрим-шәпәәт қалмай баратырма, деген де ойға барасаң. Дурыс, урлық ислеў, биреўдиң мүлкине көз тигиў, оны өзлестириў-турысы менен жынаят есапланады. Урыны ҳақлағымыз келмейди. Ол жынаятшы. Бирақ оны булай жазалаўға болмайды. 

Бизиң елимизде ҳәр бир инсан ҳуқықы нызам менен қорғалады. Өзбекистан Республикасы Конституциясының 26-статьясында көрсетилип өтилгениндей, жынаятшы есапланған ҳәр бир адамның исин судта көрип шығып, оның айыбы анықланбағанша ол айыпкер есапланбайтуғыны, ҳеш ким қыйнаўға, зорлаўға, мийримсиз яки инсан қәдир қымбатын кемситиўши басқа да усылларды қолланыўы мүмкин емеслиги атап өтилген.

Жынаятшы деп табылған шахсты өз бетинше аламан болып жазалаў дәўири әлле қашанлар-ақ өтип кетти. Биз, раўажланған,  нызам үстинлиги ҳүким сүрип атырған елде жасап атырмыз. Тас әсириниң тәсирин даўам етиўимизге ҳақымыз жоқ. Жынаят иследиме, тийисли орынларға тапсырайық, жазаны әдил судтың өзи белгилейди.

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА