Fan va ta'lim МИЙНЕТТИҢ КӨЗИН ТАПҚАНЛАР

МИЙНЕТТИҢ КӨЗИН ТАПҚАНЛАР

0
МИЙНЕТТИҢ КӨЗИН ТАПҚАНЛАР

Ана диярымыз таўсылмайтуғын ғәзийнелер булағы. Топырағы өнимдарлы, суўы алтынға мегзес. Ислеўин берсең ҳәр бир қарыс жерден ырысқы-несийбе өнеди. Тек оған меҳир берип, сәл ғана мийнетимизди аямасақ жеткиликли. Оннан өнген татлы жемислердиң мазалылығы тилиңди үйиреди. Сонлықтан биз ҳәр дайым өз топырағымыздан өнген өнимлерди мақстаныш етип жүремиз.

Анық мийнетти сүйген инсанға мәўсимлердиң парқы жоқ. Расында да «қалаўын тапсаң қар да жанады» дегендей, журтымызда гей бир шаңарақлар қыс мәўсиминде де ыссыханаларды қурып, түрли дақылларды егип, мийнетиниң рәҳәтин көрип атыр.

Бүгин де бир неше хожалықларда ыссыханалар қурылды. Солардың бири «Тахтакөпир» ППЖ турғыны Баҳадыр Ҳәмийдуллаевтың шаңарағы.  Әзелден жерге кеўил бөлетуғын бул шаңарақтың үй қапталында  ҳәммеде ушыраса бермейтуғын анар,  смородина, сондай-ақ, шийе, қәрели, алма, беҳи, ерик  сыяқлы  мийўе нәллери болып, ҳәр жылы мийўесинен дәм татып отыр. Оған қосымша ыссыханада редиска писип атыр. Ал, ҳәзир ыссыханаға помидор, ҳәр түрли гүллердиң нәллерин отырғызбақта.

Усындай ыссыханалардың бирин Fәрезсизлик МПЖ да жайласқан «Жарқын-Осиё» жәмийетлик аўқатланыў кәрханасы алдында да ушыраттық. Бул ыссыхана 2 сотых жерге шөлкемлестирилген болып, оған помидор, пияз, қыяр, капуста, чеснок, редиска, картошка туқымларын егип,  өнип шыққан нәллерди атызға көшириўге таярлап атыр. Ҳәзир ыссыханада редиска, пияз, аўқатлық ушын ҳәр түрли көк шөплер өсип тур. Сондай-ақ, ыссыхананың сыртқы тәрепиндеги кең майданда ҳәр түрли мийўе нәллери, картошка егилген. Бул исте шаңарақ ийелери Жамғырбай Дәўлетияров ҳәм Тиллахан Ахымбетованың қызығыўшылығы қол келди. Және де олардың үй қапталындағы қыйтақ жеринде 30 ға шамалас мийўе нәллери бар болып, олардан мол жемис алып отыр. Қай исте де мийнеттиң көзин тапқан ғана табысқа ериседи.

Fәрезсизлик бизге емин-еркин мийнет етип, жақсы турмыс кешириў имканиятын берди. Алға умтылған, изленген инсан ҳешқашан кем болмайды. Гейде ериншеклигимиз басым келип, мийнет етиўден қашамыз.

Ҳәзир дийханларымыз атызларда ырысқымызды өндириў ушын мийнет етип атыр. Ал, ҳәр бир усы журтта жасаўшы инсан өз үй қапталындағы қыйтақ жерине егин егиў менен әўере.

Мен «Атакөл» АПЖға қараслы әдил аўылына барғанымда аўылға кире беристеги бир Үйдиң қапталында жас жигиттиң қолына бел алып атызда жумыс ислеп атырғанына көзим түсти. Жақынлап барсам, атызында өзиме таныс алма, ерик, жүзим нәллерине көзим түсти. Бирақ мен ушын таныс емес дақыллар да бар еди. Олар смородина, жийде хурма, ал, атыздың қақ ортасында жайылып турған қулпынай екен.  Бул шаңарақ Базарбай Қәллибековтың шаңарағы. Олар ҳәр жылы еккен дақылларынан мол зүрәәт алып, шаңарағының тоқшылығын тәмийинлеў менен бирге аўысқанын базарға сатып, қосымша дәрамат топлап отыр.

-Алманы, хурманы, ерикти қақлап, елеге шекем пайдаланып отырмыз-дейди Базарбай ағаның өмирлик жолдасы Палхан Гүлимбетова.

Олардан үлги алған қоңсы-қобалары да бул шаңарақтан нәллер алып, үй қапталларына отырғызып атыр.

Мийўе писикте базарға барсақ кимниң алмасы, алмурты яки ериги мазалы екенин дәрриў билемиз. Себеби, ҳәр жылы олардың дәмин татып көргеннен соң ийесин де жақсы таныймыз.  Айырымларын түр-түсине қарап-ақ, мынаў пәленшениң алмурты яки ериги емеспе деп таныймыз. Усындай мийнетлериниң арқасында ел-халықтың дәстурханының толыўына өзлериниң мазалы жемислери менен үлес қосып отырған шаңарақлардың бири «Атакөл» АПЖ аймағына қараслы Хожамет аўылында жасаўшы Жолдасбай ата Өтегеновты районда көпшилик жақсы таныйды. Оның бағшылық пенен шуғылланыўы атадан балаға мийрас болып киятыр. Бағқа киргениңде бул да инсанның қолы менен жаратылғанына таң қаласаң. Бул жерден ҳәмме мийўениң түрлерин ушыратыў  мүмкин. Алма, алмурт, беҳи, шабдал, шийе, жүзим.

-Елеге шекем әкемнен қалған мийўе тереклер сақланып тур. Айырымлары қартайып, мийўе бериўин тоқтатқаннан соң шаўып тасладық. Мына нәллер 30 жылдың нәллери десе, «Қаяқтағыны айтасаң-аў ғарры, ана мийўе ағашы мен усы үйге 62-жылы келиншек болып түскенимде бар еди ғой»-деди зайыбы Қурбангүл  апа. Сонда бул нәллерге 50 жылдан аслам ўақыт болыпты.

Жолдасбай ата  интенсив бағ жаратыў нийетинде  қосымша 100 түп мийўе нәллерин отырғызыпты. Ҳәзир нәллер толығы менен тутып, раўажланып атыр.

Бағқа қосымша атызға помидор, қыяр, асқабақ, баклажан, бурыш, гешир, гүнжи егиўди нийет етип отыр.

Ҳәзирги ўақытта атаның генже улы Жақсыгелди әкесиниң көрсетип отырған жол-жобасы менен атызларға бас-қас болып, гүзде пискен мийўе-жемислерди  келиншеги менен бирге базарға шығарып, қосымша дәрамат таўып отыр.

 

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА