Fan va ta'lim Билим алған мектебинде

Билим алған мектебинде

0
Билим алған мектебинде

Билим алған ана мектебиңниң орны ҳеш қашан жүрегиңниң төринен өшпейди. Сонлықтан да ол ҳәмийше сағындырады, өзине талпындырады.

Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Айжамал Жолдасбаева бүгинги күнде өз қәнигелиги бойынша журналистлик қәнигелиги бойынша жумысын алып барып атыр. Ол жақында өзи билим алған райондағы 13-санлы орта мектебинде болды. Устазлары, мектеп оқыўшылары менен ушырасты. Өзиниң мектептен соңғы өмири, билим алыў, кәсип ийелеў, жаңа өмирге жол алыўы ҳаққында айтып берди. Мектеп китапханасына өз китапларынан саўға етти.
Оқыўшылар да өзлерин қызықтырған сораўларын берип, жуўаплар алды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети