Sport СПОРТТЫҢ ЖЕТИ ТҮРИ БОЙЫНША

СПОРТТЫҢ ЖЕТИ ТҮРИ БОЙЫНША

0
СПОРТТЫҢ ЖЕТИ ТҮРИ БОЙЫНША

Мәмлекетимизде жас әўладты миллий ҳәм ғалаба спорт түрлерине кеңнен тартыў, оларды физикалық жақтан күшли, бәркамал әўлад етип тәрбиялаў, қәбилетли спортшыларды анықлаў ҳәм перзентлеримиздиң бос ўақытларын мазмунлы Қткериў, соның менен бирге шаңарақлардың беккемлигин тәмийинлеў, өз-ара мәдений-спорт байланысларын жолға қойыў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Усы мақсетте мәҳәлле жаслары ортасында гүрес бойынша «Мәҳәллемиз палўанлары» турнири, футбол бойынша «Футболымыз кубоги, «Саламат шаңарақ» сүрени астында «Атам, анам ҳәм мен-спортшы шаңарақ», жуўырыў спорты түриниң спринт жөнелиси бойынша «Биз епшил ҳәм шаққанбыз», шахмат-шашка спорт жарысы, стол тенниси жарысы «Мәҳәллемиз стол теннисшилери», бадминтон жарысы «Мәҳәллемиз бадминтоншылары» спорт ойынларының районлық басқышы шҚлкемлестирилип, өткерилмекте.

Жақында «Атам, анам ҳәм мен-спортшы шаңарақ» жарысының районлық басқышы болып өтти. Оған райондағы 6 аймақтан жеңимпаз болған шаңарақлардан жәми ү шаңарақ қатнасты.

Жарыс шәртлерине муўапық қатнасыўшылар тосықлар арасынан жуўырыў, ким шаққан ҳәм мерген, шаққан ҳүжимши, арқан тартыс, ким епшил ҳәм шаққан ойыны, ким шаққан эстафетасы, дартс шәртлери бойынша күш сынасты.

 Жарыс соңында «Айдын жол» мәкан пуқаралар жыйынынан Палымбетов Бахтыярдың шаңарағы 1-орынды, «Тахтакөпир» посёлкалық пуқаралар жыйынынан Дәлжанов Ахметтиң шаңарағы 2-орынды, «Тахтакөпир» аўыл пуқаралар жыйынынан Жолдасбаев Оразбайдың шаңарағы 3-орынды жеңип алды.

Ал жарыста белсендилик кҚрсеткен  «Белтаў» аўыл пуқаралар жыйынынан Садуахатов Сакенниң  шаңарағы  «Жеңиске умтылғаны ушын» номинациясы менен, «Қоңыраткөл» аўыл пуқаралар жыйынынан Абдиев Мақсеттиң шаңарағы, «Қараой» аўыл пуқаралар жыйынынан Палмуратов Азаматтың шаңарағы «Белсене қатнасқаны ушын» номинацияларына ийе болды.

Жарыста 1-орынды ийелеп алған шаңарақ ийелери республикалық басқышқа қатнасыў ушын жоллама алды. Барлық қатнасыўшылар қәўендерлер тәрепинен таярланған «Ҳүрмет жарлық»лары ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Спорт жарыслары еле даўам етип атыр.

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА