Ma'daniyat Тахтада байрам болды

Тахтада байрам болды

0
Тахтада байрам болды

 

Өзбекстан Республикасы мәмлекети ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен "Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!" сүрени менен райондағы Дәўқара стадионында байрам бағдарламасы өткерилди. Илаж басында район ҳәкими Жамбул Адилов сөзге шығып, бәршени бул уллы сәне менен қутлықлады.

Илаж даўамында мектепке шекемги тәлим шөлкемлери, улыўма орта билим бериў мектеплери ҳәм де райондағы мәденият бөлиминиң биргеликтеги концерт бағдарламасы атқарылды.

Бул байрам илажы бәршеге көтериңки кейпият ҳәм заўық  бағышлады.

Г.Дәўлетмуратова