Ma'daniyat КИТАП-РУЎХЫЙЛЫҚ АЙНАСЫ

КИТАП-РУЎХЫЙЛЫҚ АЙНАСЫ

0
КИТАП-РУЎХЫЙЛЫҚ АЙНАСЫ

 

16-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде  жасларды китапқумарлыққа  бағдарлаў  ҳәм үгит нәсиятлаў  жумысларын алып барыў   мақсетинде мектеп китапханасы тәрепинен «Китапқумарлық ҳәптелиги» шеңберинде  4-5-6-7-класс оқыўшылары арасында «Китап-алтын ғәзийне»  атамасында жарыс өткерилди.
Жарыста оқыўшыларға өзлери оқыған китапларынан сораўлар берилип,  бир-бири менен пикир алмасты. 
Ҳәптеликти  өткериўден мақсет-оқыўшыларды әдебий китапларды оқыўға тартыў болып есапланады. 
 Жарыс жуўмағында 5-класс окыўшысы У.Жамалова 1-орынды, 7-класс окыўшысы С.Шарапова 2-орынды ийеледи.
 Жарыс даўамында оқыўшылар өзлери оқыған әдебий китаплары ҳаққында  айтып берди, шайырлардың қосықларынан, шығармаларынан үзиндилер, әдебий китаплардан көргизбелер шөлкемлестирди. Нақыл-мақаллар, жумбақлар айтысып, бир-бирине сораўлар берди. 
Ҳәптеликке оқыўшылар белсене қатнасты ҳәм жеңимпазлар «Ҳүрмет жарлық»лары менен сыйлықланды. 

 

Индира ТИЛЕЎИМБЕТОВА
16-санлы мектептиң китапханашысы