Ma'daniyat Районымызда «Нураный аналар» миллий ансамбли шөлкемлестирилди

Районымызда «Нураный аналар» миллий ансамбли шөлкемлестирилди

0
Районымызда «Нураный аналар» миллий ансамбли шөлкемлестирилди

Бүгин Тахтакөпир районы Мәденият бөлиминде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 7-март күнги “Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды системалы түрде қоллап-қуўатлаў бойынша жумысларды  және де жеделлестириў ҳаққында”ғы ПП-87-санлы Пәрманы тийкарында, нураный анаханларды  ҳүрметлеў, оларды  ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм сиясий белсендилигин асырыў мақсетинде “Көзиме сүрме устаз басқан топырақлар” сүрени астында түрли тараўларда хызмет көрсеткен нураный аналарымыз бенен ушырасыў кешеси болып өтти.

 

Онда Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими ҳәм Районлық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы хызметкерлери, районымыздың нураный аналары ҳәм жаслары қатнасты.

Ушырасыў кешеси даўамында районлық Мәденият бөлими сaзенделери ҳәм нураный аналарымыз  бенен биргеликте «Нураный аналар» миллий ансамблин шөлкемлестирип, өзлериниң қәлеминен дөреткен қосықлары ҳәм қарақалпақ, қазақ, түркмен, өзбек миллий халық қосықларын атқарып берди.