Ma'daniyat Наргиза баслаған 40 қыз

Наргиза баслаған 40 қыз

0
Наргиза баслаған 40 қыз

 

Талантлы дөретиўши, шебер шөлкемлестириўши, зейинли жасларымыздан бири Наргиза Рамбергенова өз теңлеслери болған кәсип-өнер мектебиниң оқыўшы қызлары ушын семинар-тренинг өткерди. Онда жасы үлкен аналар өмир жоллары ҳаққында сөз етти. Қызларға мотивация бериў мақсетинде қызықлы ойынлар өткерилди. (Буларды видео көринис арқалы тамашалаўыңызға болады) Наргиза районда мектеп оқыўшылары ушын өзи шөлкемлестирген тигиўшилик, тоқымашылық сырларын үйрететуғын "40 қыз" клубын  алып барады.Проза ҳәм поэзия жөнелисинде қәлем тербетип жүрген Наргизаның бес китабы баспадан шықты. 
 Наргизаға көп берилетуғын сораў: "Неге тек қызлар?" Наргизаның жуўабы: "Ер балаға тәрбия берсең - бир адамды, қыз балаға тәрбия берсең - халықты тәрбиялаған боламыз" деп халық аўызеки тили менен жуўап береди. Бул да данышпанлық. 

Г.Дәўлетмуратова