ҚАРАКӨЛШИЛИККЕ КЕҢ ЖОЛ
Қаракөлшилик–шарўашылық тараўының тийкарғы тармақларынан бири болып есапланады. Президентимиз тәрепинен тараўды раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Мәмлекет басшымыз тәрепинен қаракөлшиликте нәсилшилик жумысларын илимий тийкарда жолға қойыў ҳәм дүнья базары талапларына жуўап беретуғын сапалы қаракөл терилерин жетистириў, экспорт көлемин арттырыў ҳәм жайлаўлардан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде Өзбекстанның қаракөл қойларын жетилистириўге қолай районларында Қаракөлшилик илимий нәсилшилик тәжирийбе станцияларын шөлкемлестириў ўазыйпасы белгиленди. Усындай тәжирийбе станциясы Тахтакөпир районының Мүлик аўылында бой тиклеген еди. Бүгин жаңа имараттың ашылыў салтанаты болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы М.Камалов қатнасты ҳәм дәстүрий лентаны кести. Шарўа халқын қутлықлап, қаракөлшиликти жетистириў жумысларына табыслар тиледи.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2019-жыл 3-август күнги Тахтакөпир районында “Қаракөлшилик илимий нәсилшилик тәжирийбе станциясын шөлкемлестириў ҳаққында”ғы 298-санлы қарары қабыл етилип, қарарға муўапық нәсилшилик тәжирийбе станциясын шөлкемлестириў ушын талап етилген 5 млрд сум қаржыларынан бүгинги күнде 4,2 млрд сум қаржы ажыратылды ҳәм 1056 бас сүр қойлары алып келинди. Район ҳәкиминиң өткен жыл 15-ноябрь күнги 2064-санлы карары менен 111,4 гектар (соннан 100,9 гектары егислик жер майданлары) жер майданы ажыратып берилди.
Қаракөлшилик илимий нәсилшилик тәжирийбе станциясының баслы мақсети 2025-жылға дейин шарўа малларының бас санын 10 мыңға жеткериў ҳәм оннан дийдилеген өним алып, сүр қойлардың санын көбейтиў болып табылады. Сүр терилерди экспорт етиў арқалы қарақалпақ брендин жаратыў. Қаракөлшилик тармағын раўажландырыў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслар, фермер ҳәм исбилерменлер ушын берилип атырған имканиятлар болып, шарўашылықта экономикалық реформаларды еле де тереңлестириўге хызмет етеди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети