Siyosat Бүгинги туўыў "үйи"

Бүгинги туўыў "үйи"

0
Бүгинги туўыў "үйи"

Районлық медицина бирлеспесиниң туўыў бөлими имараттың төртинши қабатында жайласқан болып, өмирге келген бир неше жүзлеген нәрестелердиң аналары менен шаңарақларының қуўанышына ортақ болған дәргай. Бөлимге тәжирийбели шыпакер Азат Казаков басшылық етеди. Акушер-гинеколог шыпакер Мунира Камалова ҳәм неонатолог шыпакер Периўхан Қалмурзаевалар аналар менен балалар саламатлығы ушын гүресип келмекте.

Жас ана Жулдызай Әбдикаримова да өзиниң екинши перзентин дүньяға алып келип, кеўилин жәмлеп алды. Ол туўыў үйиниң ақ халатлы, сап хүжданлы хызметкерлеринен миннетдар екенин билдиреди.

Туўыў бөлими 25 орынлықтан ибарат болып, 10 айда туўыў бөлиминде 525 нәресте дүньяға келди. Бөлимде 3 шыпакер, 25 мийирбийке ҳәм 23 киши медицина хызметкерлери жумыс алып барады.

Аналар ҳәм нәрестелер өмириниң қорғаўшылары болған туўыў үйи жәмәәтин ертеңги медицина хызметкерлери күни менен қызғын қутлықлаймыз. Олардың машақатлы ислеринде табыслар тилеймиз.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети