Siyosat Қурылысларда, мекеме-кәрханаларда ҳәм турақ жайларда Айрықша жағдайлардыӊ алдын алайық

Қурылысларда, мекеме-кәрханаларда ҳәм турақ жайларда Айрықша жағдайлардыӊ алдын алайық

0
Қурылысларда, мекеме-кәрханаларда ҳәм турақ жайларда  Айрықша жағдайлардыӊ алдын алайық

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң тапсырмасына муўапық аймақта  газ ийиси ҳәм ҳаўа араласпасының шағылысыўы менен байланыслы айрықша жағдайлар(өртлер)дың алдын алыўға қаратылған илажларды күшейтириў бойынша Тахтакөпир районы ҳәкимлиги тәрепинен дүзилген тийисли исши топарлар тарепинен секторлар бойынша аймақта жайласқан көп қабатлы үйлер, меншик турақ жайлар ҳәм социaллық объектлердиң гүз-қыс мәўсимине қәўипсизлик жағынан таярлығы бойынша үйрениў, кемшиликлерди өз орнында сапластырыў ҳәмде тийисли илажлар көриў жумыслары даўам етпекте.
Соңғы жылларда Республикамыздың қала ҳәм районлары, шетки алыс аўыллары пүткиллей өзгерип үлги жойбар тийкарында арзан үй жайлар, көп қабатлы турақ жайлар салынып атыр. Тахтакөпир районы аймағында да, қурылыс жумыслары жедел пәт пенен алып барылмақта. Сол себепли, Тахтакөпир районы Айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери тәрепинен районымыз аймағында жаңадан қурылып атырған көп қабатлы турақ жайлар,социаллық тараў имаратларында, мекеме, кәрхана ҳәм пуқаралар турақ жайларында  газ ийиси ҳәм ҳаўа араласпасының шағылысыўы менен байланыслы айрықша жағдайлар ҳәм өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде, бәрше қурылыс тараўындағы мекеме, кәрхана хызметкерлери ҳәм пуқаралар менен сәўбетлесиў, ушырасыўлар өткерилмекте. Ең дәслеп қурылып атырған имаратлардың өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў, олардың жойбарлары ҳәм қурылыс жумысларынан басланады. Қәўипсизлик талапларының орынланыўы, келешекте пайдаланыўға тапсырылған имаратларда өрт қәупиниң жүзеге келмеслигиниң кепили есапланады.
Қурылыс жумыслары даўам етип атырған объект ҳәм имаратлардың майданларында сондай-ақ, қурылыс мантаж жумысларында өрт қәўипсизлиги норма талапларына,тийисли қағыйдаларына әмел еткен ҳалда ерисиледи.
Мысалы, биринши нәўбетте ҳәмме қурылысшы исши хызметкерлер техника қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етип, арнаўлы бас кийим (каскалар) менен тәмийинленсе, қурылыс майданларында кепсерлеў жумыслары арнаўлы гүўалыққа ийе болған қәнигелер тәрепинен алып барылса, қурылыс майданларында өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде өрт өшириў қалқаншалары орнатылса, бирлемши өрт өшириў қураллары менен тәмийинленсе, ашық ҳалда электр ток тармақларынан пайдаланбаса, қурылысшы хызметкерлер дем алыў бөлмелеринде ҳәр қыйлы қол бала жасалған электр ысытыў үскенелеринен пайдаланбаўы ҳәм басқада бир қатар қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиўи керек.
Жоқарыда айтқанымыздай қурылыс тараўында мийнет ислеп атырған қурылысшы қәнигелер бул бағдарда ҳәзирги күнде әмелде болған өрт қәўипсизлиги ҳәм  газ ийисинен зәҳәрлениў басқада айрықша жағдайлардыӊ алдын алыў бойынша тийисли норма талаплары пуқта өзлестирип алса ҳәм оны әмелде қолланса мақсетке муўапық болар еди.

Қайыпберген Таӊырбергенов 

Тахтакөпир районы Айрықша жағдайлар бөлими
Норматив техник бөлимшеси баслығы
аға лейтенант