Siyosat Форум: "Қызлар ҳаўазы"

Форум: "Қызлар ҳаўазы"

0
Форум: "Қызлар ҳаўазы"

Райондағы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде «Қызлар ҳаўазы" форумы шөлкемлестирилди. Форумға жаслар ислери агентлиги районлық бөлими, район ҳәкиминиӊ хаял-қызлар мәселеси бойынша мәсләҳәтшиси, районлық ИИБ ҳаял-қызлар бойынша профилактика инспекторы, республикалық  таӊлаўларда жеӊимпаз болған ҳаял-қызлар қатнасты. Форумда сөзге шыққанлар бүгинги күнде жәмийетимизде ҳаял-қызлардыӊ роли, Президентимиз тәрепинен ҳаял-қызларға қаратылып атырған үлкен итибар, сондай-ақ жәмийетимизде гендер теӊлиги мәселелери бойынша мәмлекетимизде қолға алынып атырған өзгерислер ҳаққында сөз етти. Қатнасыўшы жаслар өз машқалаларын бөлисти ҳәм шешилиў жоллары форумды алып барыўшылар тәрепинен түсиндирилди.

Форум соӊында қатнасыўшыларға жәмийетимизде қанша қыйыншылықларға ушырасса  да өз мақсети ушын гүресип, нәтийжеге ерискен хаял-қызлар ҳаққындағы видеороликлер қойып берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети