Siyosat «Бес баслама мәҳәллелерде» жойбарына старт берилди.

«Бес баслама мәҳәллелерде» жойбарына старт берилди.

0
«Бес баслама мәҳәллелерде»  жойбарына старт берилди.

Райондағы 4-секторда жаслар ислери агентлиги районлық бөлими тәрепинен орынларда «Бес баслама мәҳәллелерде» жойбары тийкарында жаслар машқалаларын үйрениў, оларға кең имканиятлар жаратып бериў мақсетинде  «Сектор басшысы ҳәм жаслар» ушырасыўы шөлкемлестирилди. 

Ушырасыўға  районлық 4-сектор, районлық Халық қабыллаўханасы, Жаслар ислери агентлиги Тахтакөпир районлық бөлими баслықлары, районлық Кеңес  депутатлары ҳәм жаслар қатнасты. Ушырасыў даўамында жаслардың усыныс ҳәм пикирлери тыңланды.  Ушырасыўда жаслар тәрепинен  5 мүрәжат келип түсти ҳәм  машқалалар сол жердиң өзинде шешимин тапты. Жаслар ислери агентлиги Тахтакөпир районлық бөлими тәрепинен жаслар машқалаларын үйрениў, оларға кең имканиятлар жаратып бериў, жаслар мәнаўиятын көтериў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы өткериўге қаратылған баслама ҳәм жойбарларды  ҳәр бир аймақта өткерип барыў режелестирилген.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети