Siyosat Системада баҳалаўға бағышланды

Системада баҳалаўға бағышланды

0
Системада баҳалаўға бағышланды

Президентимиздиң өткен айда  Қарақалпақстанға сапары пайытында берилген тапсырмалардың орынланыўынан келип шығып, республикамыздағы барлық қала ҳәм район ҳәкимлери ҳәм олардың орынбасарларының жумысларын баҳалаўда нәтийжели көрсеткишлерге тийкарланған  баҳалаў системасын сынаў тәризинде қолланыў мәселеси қойылды.

Усы тийкарда район ҳәкимлери, сектор басшылары, ҳәким орынбасарлары жумысларын KPI системасы арқалы баҳалаў енгизилди.

Рейтингти баҳалаў сектор басшылары арасында 16 тараў бойынша мәмлекетлик хызметлерди раўажландырыў агентлиги арқалы қадағалап, баҳалап барылады.

Рейтинг 85 баллдан 100 баллға дейин жақсы, 65 баллдан 85 баллға дейин қанаатландырарлы,  0 баллдан 65 баллға дейин төмен деп есапланады

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәжилислер залында рейтинг бойынша баҳалаў системасына бағышланған семинар болып өтти. Оған  Тахтакөпир районы ҳәкими ҳәм Қараөзек, Тахтакөпир районларының ҳәким орынбасарлары қатнасты.

 

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети