Siyosat Өрт қәўипсизлиги илажлары

Өрт қәўипсизлиги илажлары

0
Өрт қәўипсизлиги илажлары

Қыстың келиўи менен халқымыздың ысытыў үскенелерине болған талабы артады. Газ, электр энергиясы, жылытыў пешлеринен пайдалыныў мапазы- ҳәр бир пуқарадан өрт қәўипсизлигине сергек болыўды талап етеди.
Районлық Айрықша жағдайлар бөлими, газ ҳәм электр тармақлары бөлимлери менен медицина бирлеспесиниң биргеликтеги өткерген оқыў семинары да тап усы мақсетти үгит-нәсиятлаўға бағдарланған.
Халық арасында өрттиң алдын алыў илажлары, бийпәрўалыққа берилмеў, өрт пайытындағы инсан өмири менен материаллық шығынлардың ақыбети, ҳәр бир шаңарақта көрилетуғын  ықтыят шаралары түсиндирилди.
Секторларда жайласқан ҳәр бир турақ жайлар менен объектлер көриктен өткерилип, газ ҳәм электр үскенелери қәўипсизлик қағыйдалары талапқа муўапықлығы, ысытыў пешлери морыларының сазлығы, насаз қолбала үскенелер пайдаланыўы көзден өткерилип, өрт ҳәм ийис газинен зәҳәрлениўдиң алдын алыў илажлары  алып барылып атыр ҳәм еле де даўам ете береди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети