Siyosat Мақсет- пуқараларды бәнт етиў

Мақсет- пуқараларды бәнт етиў

0
Мақсет- пуқараларды бәнт етиў

Тахтакөпир районы бойынша 172 ҳаял-қызлар “Ҳаяллар дәптери”не киргизилип, олар 1 жоқары мағлыўматлы, 98 орта-арнаўлы мағлыўматлы, 73 улыўма орта арнаўлы мағлыўматқа ийе ҳаял-қызларды қурайды.
Соннан 48 кем тәмийинленген, 41 социаллық қорғаўға мүтәж, 28 бағыўшысынан айырылған, 25 шаңарағынан ажырасқан, 5 жалғыз ана, 13 нәгиран перзенти бар болған, 1 тынышсыз шаңарақта жасаўшы ҳәм 3 узақ мүддеттен келген ҳаяллар болып, бул ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў режелестирилген.
Соннан 15 ҳаял-қызлар өз қәнигелиги бойынша, 83 ҳаял-қызлар фермер хожалықларында, 11 ҳаял-қыз қусшылық тараўы бойынша, 26 ҳаял-қыз тигиўшилик бойынша жумыс пенен бәнт етилсе, жеңиллетилген кредитлер ажыратыў арқалы өз исбилерменлигин жолға қойыў мақсетинде 11 ҳаял-қызлардың бәнтлиги тәмийинлениўге ерисилди.
Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 2-октябрь күнги Қарақалпақстан Республикасына сапарына тийкарланған 73-санлы баянламасында Тахтакөпир районында аўыр аймаққа киргизилген “Маржанкөл” ҳәм “Қоңыраткөл” пуқаралар жыйынларында өз исбилерменлигин баслаў яки кеңейтиўди қәлеўшилерге жыллық 7 % үстеме ҳәм 6 ай жеңиллетилген мүддети менен 3 жылға жеңиллетилген кредитлер ажыратылмақта.
Кредит ислеп шығарыў, халыққа хызмет көрсетиў орынларын шөлкемлестириў (имаратларын жөнлеў ҳәм қайта қурыў) ушын және керекли әсбап-үскенелерди алыўға ажыратылады.
Қалған 15 пуқаралар жыйынлары пуқаралары ушын өз исбилерменлигин баслаў яки кеңейтиўди қәлеўшилерге жыллық 14 % үстеме ҳәм 6 ай жеңиллетилген мүддети менен 3 жылға жеңиллетилген кредитлер ажыратылады.
Кредит ислеп шығарыў, халыққа хызмет көрсетиў орынлары имаратларын оңлаў ҳәм қайта қурыў ушын және керекли әсбап-үскенелерди алыўға ажыратылатуғынын билдиремиз. Қәлеўшилерге мағлыўмат ушын телефон:
61 435 21 57

Районлык мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими