Siyosat БЕС БАСЛАМАНЫҢ РАЙОН КӨЛЕМИНДЕ ОРЫНЛАНЫЎЫ

БЕС БАСЛАМАНЫҢ РАЙОН КӨЛЕМИНДЕ ОРЫНЛАНЫЎЫ

0
БЕС БАСЛАМАНЫҢ РАЙОН КӨЛЕМИНДЕ ОРЫНЛАНЫЎЫ

Бәршемизге мәлим, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында 2019-жыл 19-март күни жасларға итибарды күшейтиў, жас әўладты мәденият, көркем-өнер, физикалық тәрбия ҳәм спортқа кеңнен тартыў, оларда мәлимлеме технологиялардан туўры пайдаланыў көнликпесин пайда етиў, жаслар арасында китапқумарлықты кең ен жайдырыў, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине бағышланған видеоселектор жыйналысында социаллық, руўхый-ағартыўшылық тараўлардағы жумысларды жаңа система тийкарында жолға қойыў бойынша бес әҳмийетли баслама белгилеп берилген еди.

Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимиятының мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң он бесинши сессиясы болып өтти.

Сессияны Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң баслығы, район ҳәкими Ж.Адилов кирис сөзи менен ашты ҳәм басқарып барды.

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының жаслар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети баслығы Б.Сайфуллаев, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзасы А.Данияров, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Батыр Айтеков ҳәм районлық Кеңес депутатлары, тийисли мекеме, кәрхана, шөлкем басшылары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары баслықлары қатнасты.

Сессияның күн тәртибинде Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев тәрепинен алға қойылған бес әҳмийетли баслама бойынша Тахтакөпир районында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққындағы мәселе қаралды.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша райондағы төрт сектор басшылары өз аймақларында алып барылып атырған жумыслары туўралы баянат жасады. Олар өз баянатларында өсип киятырған жас әўладтың мәденият, көркем-өнер, спорт, мәлимлеме технологиялары ҳәм китапқумарлық бойынша ерисип атырған жетискенликлерин, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша исленген жумыслар ҳаққында айтып өтти.

Баянатшыларға сессия қатнасыўшылары тәрепинен сораўлар берилип, тийисли жуўапларға ийе болды.

Буннан соң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының жаслар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети баслығы Бахтияр Сайфуллаев ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзасы Абатбай Данияровлар сөзге шығып, жаслардың билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи ушын шәраятлар жаратып бериў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўге еле де итибарды күшейтиў  кереклигин айтып өтти.

Сессия соңында күн тәртибинде қаралған мәселе бойынша тийисли шешим қабыл етилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети