Siyosat Суўды үнемлеў жолында

Суўды үнемлеў жолында

0
Суўды үнемлеў жолында


мӨзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 25-октябрьде "Аўыл хожалығында суў тежеўши технологияларды енгизиўди қоллап-қуўатлаў ҳәм оның механизмлерин кеңейтиў ис-илажлары ҳаққында"ғы 4499-санлы қарары қабыл етилген еди. Қарарда атап көрсетилгениндей, суў тежеўши технологияларды енгизиў барысында сарпланған қәрежетлердиң бир бөлеги субсидия есабынан қаплап берилиўи, технологияларды аўыл хожалығында кеңнен қолланыў атап өтилген ҳәм бул ўазыйпалар әмелий исте өз көринисин таўып атыр.

Тахтакөпир районындағы "Қараой" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан "Тахтакөпир жайлаўлары" кооперативинде Бирлескен миллетлер шөлкеминиң Раўажландырыў бағдарламасы, Өзбекстан гидрометеорология орайы ҳәм Бейимлесиў фондының бирликтеги "Өзбекстанның қурғақшыл районларында жайласқан фермер ҳәм дийқан хожалықларының климатлық турақлылығын тәмийинлеў" жойбары тәрепинен семинар кеңеси өткерилди. Семинар жумысына сондай-ақ,  Мойнак, Бозатаў, Канлыкөл, Кегейли, Шымбай, Тахтакөпир районларындағы жайлаў кооперативлери басшылары, қәнигелери қатнасты.

Аймағымызда климаттың өзгериўине байланыслы жүзеге келген қурғақшылық республикамыздың фермер ҳәм дийқанлары ушын қыйыншылықлар туўдырмақта. Ҳәм бул өз гезегинде суў тежеўши технологияларды қолланыўды талап етеди.

Усындай суў тежеўши нәтийжели технологиялардың бири лазер үскенеси жәрдеминде суў ресурсларын 20 процент муғдарында үнемлеў мүмкиншилиги бар. Лазер үскенеси жәрдеминде жерлерди тегислеў арқалы атыз топырағының шордан тегис жуўылыўы тәмийинленеди ҳәм зүрәәтликти арттырып, тегис нәл алыў мүмкиншилигин жаратады.

Семинар барысында лазер узатқышты атыз басына дурыс орнатыў, техникаға тиркеў, лазерли жер тегислеў үскенесинен пайдаланыў жоллары көрсетилиўи арқалы қатнасыўшылар зәрүрли көнликпелерге ийе болды. Семинар даўамында "Тахтакөпир жайлаўлары" өндирислик кооперативиниң суўғарылатуғын еки гектар жер майданы лазерли үскене жәрдеминде тегисленди.

 

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети