Siyosat Дыққат, дағаза!!! Тахтакөпир районы ҳәкимлиги бос жумыс орны ушын ашық таңлаў дағазалайды

Дыққат, дағаза!!! Тахтакөпир районы ҳәкимлиги бос жумыс орны ушын ашық таңлаў дағазалайды

0
Дыққат, дағаза!!!  Тахтакөпир районы ҳәкимлиги бос жумыс орны ушын ашық таңлаў дағазалайды

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан филиалы Тахтакөпир районы ҳәкимлиги менен биргеликте "Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлими жетекши қәнигеси" лаўазымы ушын ашық таңлаў дағазалайды.

     Талабанлар төмендеги талапларға жуўап бериўи керек:

  • Жоқары мағлыўматлы
  • Өзбекстан Республикасының пуқарасы
  • Мәмлекетлик тил ҳәм шет тиллерин жетик билиўи
  • Экономика хам инвестиция тараўында кеминде 1 жыллық тәжирийбеге ийе болыўы керек.

Жумыс шараятлары:

  • Жумыс ўақты: дүйшемби, шийшемби, сәршемби, пийшемби, жума.
  • Дем алыс күнлери: шемби, екшемби.
  • Жумыс ўақты: 09:00 ден 18:00 ге дейин.

Таңлаўға қатнасыў нийетинде болған талабанлар Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң "Мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлери вакант лаўазымларының бирден-бир ашық порталы"(https://vacancy.argos.uz/)нда дизимнен өтиўи, Қарақалпақстан Республикасы Тахтакөпир районы ҳәкимлигинде әмелдеги бос жумыс орнын таңлап, соралған ҳүжжетлерди электрон формада усыныўы зәрүр.

   Арза ҳәм ҳүжжетлер 2020-жыл 20-октябрьден 3-ноябрьге дейин қабыл етиледи.

Таңлаў төмендеги басқышларда өткериледи:

1-басқыш- ҳүжжетлерди қабыллаў;

2-басқыш-талабанлардың вакант лаўазымларына қойылатуғын қәнигелик талапларына муўапықлылығын үйрениў;

3-басқыш-test.argos.uz системасында тест тапсырып, жоқары балл алған талабанлар менен сәўбет өткериў;

4-басқыш-талабанды жумысқа қабыллаў ҳаққында усыныс бериў.

Арза ҳәм ҳүжжетлерди қабыллаў мүддети өткеннен кейин жиберилген арза ҳәм ҳүжжетлер қабыл етилмейди.

Мағлыўмат ушын телефонлар: 61-435-24-84; 94-452-16-36.

Район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.