Siyosat Хызметлер орайы-халық хызметинде

Хызметлер орайы-халық хызметинде

0
Хызметлер орайы-халық хызметинде

Бүгинги күнде пүткил дүнья жүзинде ҳүким сүрип турған пандемия пайытында Тахтакөпир районында Мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен карантин қағыйдаларына толық әмел еткен ҳалда халыққа хызмет көрсетиў жумыслары нәтийжели даўам етип атыр.

Жыл басынан баслап 16741 мәмлекетлик хызметлер көрсетилди. Жеке пуқараларға 16403, юридикалық шахсларға 338 хызмет көрсетилип, 293 исбилерменлик субъекти жаңадан, 40 исбилерменлик субъекти қайта дизимнен өткерилди. Бунда 25 исбилерменлик субъекти базар комплекси ҳәм алыс аймақларда көшпели дизимнен өтип, 1200 ден аслам көшпели хызмет көрсетилди.
Орай қәнигелери "Қараой" аўылы аймағында жаңадан қурып питкерилген 15-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде ҳәм "Атакөл" аўылындағы 5-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде көшпели хызметте болып, аймақ турғынларының балаларын бақшаға нәўбетке қойыў ҳәм тағы басқа да хызметлерди алып барды. Аўыл халқына хызметлерди my.gov.uz сайты арқалы онлайн алыў мүмкиншилиги бойынша түсиниклер берди.

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА