Siyosat Тахтакөпир районы «Айдын жол» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында транспорт ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде жолларға тийисли жол белгилерин орнатыў ҳаққында

Тахтакөпир районы «Айдын жол» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында транспорт ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде жолларға тийисли жол белгилерин орнатыў ҳаққында

0
Тахтакөпир районы «Айдын жол» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында транспорт ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде жолларға тийисли жол белгилерин орнатыў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 24-декабрьдеги 370-санлы қарары менен тастыйықланған «Жол ҳәрекети қағыйдалары» («Ўзбекистон Республикаси қонун ҳужжатлари тўплами» 2016 йил 3-сон, 23-модда) ның VII бөлимине, Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 19-майдағы “Өзбекстан Республикасы жол қәўипсизлигин тәмийинлеў системасын және де жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы 377-санлы қарарына ҳәм Өзбекстан Республикасының «Жол ҳәрекети қәўипсизлиги ҳаққында”ғы Нызамының 7-статьясына тийкарланып, Өзбекстан Республикасының «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамының 6-статьясына муўапық

Ш Е Ш И М    Е Т Е М Е Н:

  1. Тахтакөпир районлық жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасының 2020-жыл 8-сентябрь күнги 212-санлы ҳәм Тахтакөпир районы ишки ислер бөлиминиң 2020-жыл 4-сентябрь күнги 11/1876-санлы хатлары итибарға алынсын.
  2. «Айдын жол» мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан өтиўши 4КЗа «Тахтакөпир Белтаў карьери» автомобиль жолының 0-километрине тәсир аралығы 0,3-километрине шекем (3.27) тоқтаў қадаған жол белгисин,0,3-километрине қарама-қарсы тәрепинен тәсир аралығы 0-километрине шекем (3.27) тоқтаў қадаған жол белгисин, 0,9-километрине (3.4) жүк автомобиллериниң ҳәрекетлениўи қадаған жол белгисин, 4Н112 «Тахтакөпир-ДФХ Мүлик» автомобиль жолының Айдын жол аймағынан өтиўши 0-километрине тәсир аралығы 0,3-километрине шекем (3.27) тоқтаў қадаған жол белгисин, 0,3-километрине қарама-қарсы тәрепинен тәсир аралығы 0-километрине шекем (3.27) тоқтаў қадаған жол белгисин орнатыўға рухсат етилсин.
  3. Усы шешимди район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайтында ҳәм “Тахтакөпир таңы” газетасында рәсмий жәриялаў район ҳәкимлигиниң баспа сөз хызметиниң баслығы Г.Давлетмуратоваға тапсырылсын.
  4. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары Д.Жумабаевқа тапсырылсын.
  5.  Бул шешим рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

 

 Тахтакөпир районы ҳәкими:                             Ж.Адилов 

№813                                               12-октябрь2020-жыл.