Siyosat Лицензия ҳәм рухсат бериў қәсийетине ийе бир қатар ҳүжжетлер бийкар болмақта

Лицензия ҳәм рухсат бериў қәсийетине ийе бир қатар ҳүжжетлер бийкар болмақта

0
Лицензия ҳәм рухсат бериў қәсийетине ийе бир қатар ҳүжжетлер бийкар болмақта

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 24-август күни «Лицензиялаў ҳәм рухсат бериў тәртип-қағыйдаларын түптен жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-6044-санлы Пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға муўапық, 2021-жыл 1-январьдан баслап:

37 лицензия ҳәм 10 рухсатнама бийкар етиледи;

16 лицензия ҳәм 11 рухсатнама бирлестириў жолы менен бийкар етиледи;

17 лицензия ҳәм 14 рухсатнамалар хабардар етиў тәртиби енгизилиў жолы менен бийкар етиледи;

14 түрдеги лицензия ҳәм рухсатнамаларды рәсмийлестириў мүддетлери еки есеге қысқартылады;

115 лицензия ҳәм рухсат бериў қәсийетине ийе ҳүжжетлерди алыў тәртип-қағыйдалары еледе әпиўайыластырылады.

            Пәрманға көре, хабардар етиў тәртиби енгизилген искерлик (ҳәрекет) ушын рәсмийлестирилген лицензия ямаса рухсат етиў қәсийетине ийе ҳүжжетлердиң әмел етилиўи өз күшинде қалады ҳәм усы искерлик (ҳәрекет)ти әмелге асырыў ушын ўәкилликли уйымды хабардар етиў талап етилмейди.

2021-жыл 1-январьдан баслап:

туризм искерлигин лицензиялаўда туроператорлар хызметлерин сертификатлаў ықтыярий етип белгиленеди.

төмендегилер бийкар етиледи:

кредит бюролары искерлигин лицензиялаўда кеминде 10 коммерциялық банк пенен кредит алмасыўын әмелге асырыўға разылығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар болыў талабы;

дәрилик затлар ҳәм медициналық буйымларды усақлап реализация етиў искерлигин лицензиялаўда усы искерлик ушын лицензияға болған юридикалық шахслар тәрепинен олардың тап сондай искерлик пенен шуғылланыўшы филиаллары шөлкемлестирилгенде ҳәр бир филиал мәнзилин тийкарғы лицензияда көрсетиў әмелиятын енгизиў арқалы филиалларға айырықша лицензия рәсмийлестириў әмелияты;

жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықы ушын лицензия алыўда талапкерден жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларының кепиллик хатларын алыўды талап етиў тәртиби.

2020-жылда мүддети тамамланатуғын барлық лицензия ҳәм рухсат бериў қәсийетине ийе ҳүжжетлердиң әмел етиў мүддети 2021-жыл 1-январьға шекем узайтырылды.

2021-жыл 1-январьға шекем лицензиялаў, рухсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары менен байланыслы барлық процесслерди қамтып алған «Лицензия» мәлимлеме системасы ислеп шығылады.

Сондай-ақ, 2021-жыл 1-январьдан:

лицензиялаў, рухсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары басқышпа-басқыш толық электрон тәризде «Лицензия» мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырылады;

лицензия тараўындағы нызам бузылыўлары ҳаққында хабар берген шахслар ҳуқықбузарлық өз тастыйығын тапқанда өндирилген жәрийманың 10 проценти муғдарындағы пул сыйлығы менен хошаметленеди;

лицензия ҳәм рухсат етиў қәсийетине ийе ҳүжжетлерди тамамлаў ҳәм бийкар етиў тек ғана суд тәртибинде әмелге асырылады.

 Б.Нурлыбеков

Тахтакөпир районы Мәмлекетлик хызметлер орайы бөлим баслығы