Siyosat ҮГИТ-НӘСИЯТ ИЛАЖЛАРЫ ӨТКЕРИЛМЕКТЕ

ҮГИТ-НӘСИЯТ ИЛАЖЛАРЫ ӨТКЕРИЛМЕКТЕ

0
ҮГИТ-НӘСИЯТ ИЛАЖЛАРЫ ӨТКЕРИЛМЕКТЕ

Ҳәммемизге сыр емес, бүгүнги күнде коронавирус инфекциясының (COVID-19) пүткил дүнья бойлап кең тарқалыўы, бәрше аймақ турғынларын қәўетерге салып келмекте.

Усы инфекция алдында заманагөй медицина да шарасыз калып келмекте. Сол себепли жәмийет арасында коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў, санитария-эпидемиологиялық бақлаўды тәмийинлеў, санитарияға байланыслы нызам хүжжетлериниң әмелде толық тәмийинлениўинде прокуратура органлары тәрепинен қадағалаўға алынған.

Атап айтқанда, район аймағында эпидемияға қарсы гүресиў қағыйдаларына әмел етилиўи үстинен бақлаў орнатыў менен бирге, азық-аўқат, дәри-дәрмақ ҳәм медициналық буйымлардың баҳаларын турақлылығын тәмийинлеў шаралары көрип барылмақта. Сондай-ақ, жәмийет арасында тийкарсыз гәп-сөзлердиң келип шығыўына жол қоймаў, тынышсызлықты келтирип шығарыўға қаратылған гәп-сөзлерди тарқатыў, жәмийет қәўипсизлигине қарсы қаратылған басқа да ис-ҳәрекетлерди садыр етиў яки эпидемияға қарсы гүресиў қағыйдаларын бузғанлық тийисли тәртипте жынайый жуўапкершиликке тартыўға тийкар болыўы ҳаққында ҳуқықый үгит-нәсият илажлары өткерилип келинбекте.

Бирақ алып барылып атырған үгит-нәсият илажларына қарамастан район аймағында жасаўшы пуқаралар арасынан ҳәм санитария-эпидемияларға қарсы гүресиў қағыйдаларын биле тура бузыў ҳалатлары ҳәм ушырамақта.

Мысал ушын, елимизде жәрияланған карантин дәўиринде район аймағында жасаўшы жәми 229 пуқараларға қарата Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 54-статьясы 1-бөлими менен ҳәкимшилик баянламалары рәсмийлестирилип, Ҳәкимшилик ислери бойынша Тахтакөпир районы суды тәрепинен 3 исбилерменлик субъектлерине қарата Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 54-статьясы 2-бөлими менен ҳәкимшилик жәриймалары қолланылды.

Буннан тысқары, район аймағында жәми 353 ҳалатта пуқараларлың рухсатсыз рәўиште басқарған 104 автомашиналары, 1 ҳалатта мототранспорт ҳәм 248 ҳалатта велисопедлери алып қойылып, тийисли хүжжетлер рәсмийлестирилди.

Сондай екен, ҳәр биримиз белгиленген тәртип қағыйдаларға әмел етиў арқалы  әтирапдағыларымыз ҳәм жақынларымыздың қәўипсизлигин тәмийинлеген боламыз.

А.Э.Хощанов

                                                     Тахтакөпир районы прокуратурасы тергеўшиси