Siyosat Мүлк ийесине компенсация бериўдиң улыўмалық тәртиби

Мүлк ийесине компенсация бериўдиң улыўмалық тәртиби

0
Мүлк ийесине компенсация бериўдиң улыўмалық тәртиби

Ҳәр бир шахс мүлкдар болыўы ҳәм бул жағдай өз гезегинде сол шахстың социал-экономикалық ҳуқықының бири болып табылады. Сондай-ақ, мүлк ҳуқықының қорғалыўы, олардың мүлк көринисине қарамастан ҳуқықый тәртипте тең екенлиги ҳәм мәмлекет қорғалыўында болыўы ҳаққындағы норма Конституциямызда да белгилеп берилген.

Елимизде әмелге асырылып атырған реформалар бүгинги күнде жәмийетимиз турмысына өзиниң унамлы тәсирин тийгизип атырғанлығы ҳеш кимге сыр емес. Республикамыздың бәрше район,қалаларында бой көтерип атырған жаңадан жаңа заманагөй имаратлар, көшелердиң абат болыўы сөзимиздиң тастыйығы десек қәтелеспеймиз. Соңғы ўақытларда көпшилик халық қатламын қызықтырып киятырған яғный: «Жасап турған үйим сносқа түсти компенсация бериледиме? Оны алыў тәртиби қандай? Қайсы ўақытта аламан. Компенсация деген не? ҳәм бул төлем кешиксе не болады?»-деген сораўларға компенсация бериўдиң улыўмалық тәртиби ҳаққында қысқаша тоқталып өтемиз.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 16-ноябрь күнги «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүлк ҳуқықлары кепилликлерин тәмийинлеў ҳәм жер участкаларын алып қойыў ҳәм компенсация бериў тәртибин жетилистириўге байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы 911-санлы Қарары менен тастыйықланған «Жер участкалары алып қойылыўы ҳәм алып қойылып атырған жер участкасында жайласқан көшпес мүлк объектлери мүлкдарларына компенсация бериў тәртиби ҳаққында»ғы Режеде «компенсация бериўдиң улыўмалық тәртиби» белгилеп берилген.

Демек, төмендегилер компенсация етип бериледи:

- алып қойылған жер участкасында жайласқан көшпес мүлк объектлериниң базар баҳасы;

- алып қойылған жер участкасына болған ҳуқықтың базар баҳасы;

- көшириў, сол тийкарда, басқа көшпес мүлк объектин ўақытша алыў менен байланыслы қәрежетлер;

- физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қолдан кеткен пайдасы;

- нызам ҳүжжетлеринде яки Келисимде нәзерде тутылған басқа қәрежетлер ҳәм зыянлар.

Сондай-ақ, өзбасымшалық пенен қурылған үй-жай, ислеп шығарыў ҳәм басқа имаратлардыңда суммасы қапланыўы лазым.

Компенсация қайсы формада алыныўын тәреплер өз ара келисими менен әмелге асырылады. Берилетуғын компенсация турлерине төмендегилер киреди.

- пул суммалары;

- басқа көшпес мүлк объектин мүлк етип бериў;

- жер участкасы ҳәмде Келисимде нәзерде тутылған компенсацияның басқа түрлери.

Соныда атап өтиў керек тәреплердиң келисимине көре мүлк ийесине көшпес мүлкти баҳалаў қунын есапқа алған ҳалда компенсацияның бир нешше түрлери берилиўиде мүмкин.

Егерде бузып тасланған көшпес мүлк орнына жаңадан қурылып атырған көшпес мүлк объекти бериў нәзерде тутылған жағдайда, белгиленген мүддет басқа көшпес мүлк объекти ўақытша пайдаланыўға берилген күннен баслап 24 айдан асып кетпеўи керек. Белгиленген мүддетте жаңа көшпес мүлк объекти берилмесе, баслама менен шыққан тәреп мүлк ийесине ҳәр бир кешиктирилген күн ушын 0,01 пайыз есесинде жәрийма төлеўи белгиленген. Бунда жәрийма муғдары бузып тасланған көшпес мүлк объекти қунының 50 пайызынан асып кетпеўи керек болады.

Қарарға муўапық компенсация есабында мүлк усынылыўы нәзерде тутылған ҳәр бир «Келисим» нызам ҳүжжетлери тийкарында мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи керек.

Және бир саўал компенсация берилиў тәртиби ҳаққында. Компенсация төмендеги тәртипте бериледи. Бунда:

- пул суммаларын мүлк ийесиниң тийисли банк (депозит) есап бетине өткериў жолы менен;

- көп квартиралы үй яки блокировка етилген үй (таунхаус) ийелеп турған жер участкасы алып қойылған жағдайда – тәреплердиң келисимине бола мүлк ийесине сол яки басқа районда (қалада) жайласқан орын алдынғы квартираның майданынан киши болмаған квартира мүлк етип берилиўи нәзерде тутылған.

Квартира мүлк ийесиниң қәлеўине бола алып қойылған жер участкасында қурылып атырған көп квартиралы үйден яки блокировка етилген үйден (таунхаус) берилиўи мүмкин. Бундай жағдайда, мүлк ийесине усы квартира тапсырыламан дегенинше ол ҳәм оның шаңарақ ағзаларына баслама менен шыққан тәреп есабынан ўақытша ижараға турар жай бериледи.

Енди өз-өзинен сораў туўылады, жасаў ушын мөлшерленбеген, яғный турар емес (натурар) имарат болған көшпес мүлк ийелериниң мүлки алып қойылған жағдайда бул жағдайлар қалай әмелге асырылады.

Бунда, жасаў ушын мөлшерленбеген турар емес имарат объектин ийелеп турған жер участкасы алып қойылған жағдайда – тәреплердиң келисимине көре мүлк ийесине сол яки басқа районда (қалада) жайласқан орынды алдынғы объекттиң улыўма майданынан киши болмаған жасаў ушын мөлшерленбеген жай объекти мүлк етип бериледи.

Жасаў ушын мөлшерленбеген объекттен алып қойылған жер участкасында қурылып атырған объекттен компенсация бериў нәзерде тутылғанда мүлк ийесине усы жасаў ушын мөлшерленбеген жай объекти тапсырылғанға шекем, баслама менен шыққан тәреп есабынан ижараға ўақытша жасаў ушын мөлшерленбеген жай объекти бериледи. Соның менен бирге, ийелик етиў, турақлы яки ўақытша пайдаланыў ҳуқықына тийисли болған жер участкасы алып қойылған жағдайда да – усы ҳуқық ийесине майданы алдыңғысына тең болған жер участкасы бериледи.

Егер алып қойылып атырған жер участкасына болған ҳуқықтың базар қуны компенсация етип берилип атырған жер участкасына болған ҳуқықтың базар қунынан артық болса, усы артық бөлеги жер участкасына болған ҳуқық ийесине компенсация етилиўи шәрт. Ал, егерде алып қойылып атырған жер участкасына болған ҳуқықтың базар қуны компенсация етип берилип атырған жер участкасына болған ҳуқықтың базар қунынан пәс болса, усы парқланыўшы бөлек жер участкасына болған ҳуқық ийеси тәрепинен қайтарылыўы талап етилмейди.

Сондай-ақ, тәреплердиң келисимине көре басқа түрдеги компенсация көлеми ҳәм муғдары кемейтирилип, орнына мас раўиште қосымша жер участкасы компенсация етип те берилиўи мүмкин.

Егерде жер участкасы жеке тәртиптеги үй-жай қурыў ушын берилип, усы қурылыс жуўмақланып, мүлк ийеси ҳәм оның шаңарақ ағзаларына баслама менен шыққан тәреп есабынан турар жай берилиўи керек. Бунда қурылыс мүддети Келисим дүзилген күннен баслап 2 жылдан аспаўы керек.

Соныда айрықша атап өтиў орынлы мүлк ийесине көшириў, сол тийкарда, басқа көшпес мүлк объектин ўақытша алыў менен байланыслы қәрежетлер, қолдан кеткен пайда, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлеринде яки Келисимде нәзерде тутылған басқа қәрежетлер ҳәм зыянлар компенсация етип берилиўи де керек.

Несип Калимбетов 

Тахтакөпир районы әдиллик бөлими баслығы