Fan va ta'lim ҚОС ШӘКИРТТИҢ ТАБЫСЫ

ҚОС ШӘКИРТТИҢ ТАБЫСЫ

0
ҚОС ШӘКИРТТИҢ ТАБЫСЫ

Өзбек тилине Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик тил бийлиги берилгениниң 30 жыллығы мүнәсибети менен улыўма орта билим бериў мекемелериниң оқыўшылары арасында «Өзбек тилим-мақтанышым!» атамасында шығармалар таңлаўы өткерилген еди.

Усы таңлаўдың Өзбекстан Республикалық басқышына қатнасқан Тахтакөпир районындағы 3-санлы мәмлекетлик қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектебиниң 7-класс оқыўшысы Гүлнур Уснатдинова менен  8-класс оқыўшысы Ҳүрзия Қаллихожаевалар сыйлы 2-орынларды жеңип алды.

Жеңимпаз оқыўшылар арнаўлы Дипломлар ҳәм баҳалы сыйлықлар менен сыйлықланды.

Оқыўшылардың өзбек тили пәни оқытыўшысы Лиза Тилеўова Қарақалпақстан Республикасы  Халық Билимлендириў  Министрлигиниң Дипломы менен сыйлықланды.

Ҳүрлиман АСЕНОВА