Fan va ta'lim ТАҢЛАЎДЫҢ ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ АНЫҚЛАНДЫ

ТАҢЛАЎДЫҢ ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ АНЫҚЛАНДЫ

0
ТАҢЛАЎДЫҢ ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ АНЫҚЛАНДЫ

Бүгинги күни мектепке шекемги билимлендириў мекемелери педагог хызметкерлериниң инновациялық хызметин қоллап-қуўатлаў, алдыңғы педагог тәжирийбелерин кең ен жайдырыў, тәлим-тәрбия процессинде «Дәслепки қәдем» мектепке шекемги билимлендириў мекемелери жасындағы балалардың раўажланыўына қойылатуғын мәмлекетлик талаплар тийкарында жаңа педагогикалық технологияларды жәрия етиў, мектепке шекемги билимлендириў системасында хызмет етип киятырған дөретиўши ҳәм қәбилетли педагогларды хошаметлеў мақсетинде «Жылдың ең жақсы тәрбияшысы-2019» кәсиплик көрик таңлаўының районлық басқышы болып өтти. Онда қатнасыўшылар үш басқыш бойынша жарысты.

Таңлаў жуўмағында «Инновациялық ҳәм ахборот технологияларды қолланатуғын ең жақсы тәрбияшы» номинациясына 135 балл менен 2-санлы мектепке шекемги билимлендириў мекемеси тәрбияшысы Айнура Пахатова, «Ең жақсы дөретиўши тәрбияшы» номинациясына 132 балл менен 3-санлы мектепке шекемги билимлендириў мекемеси тәрбияшысы Г. Уразназарова, «Ең жақсы методист тәр-бияшы» номинациясына 130 балл топлаған 6-санлы мектепке шекемги билимлендириў мекемеси тәрбияшысы Г.Раметуллаевалар ылайық табылып, 10-июньнан 20-июнь аралығында өткерилетуғын республикалық басқышқа жолламалар алды.

 

Наргиза АТАЖАНОВА

           Районлық МШББ тәлим-тәрбия  сыпатын тәмийинлеў ҳәм методикалық хызметин шөлкемлестириў бөлими баслығы