Sport НАЎАЙЫДАН ҮЛКЕН ТАБЫС ПЕНЕН...

НАЎАЙЫДАН ҮЛКЕН ТАБЫС ПЕНЕН...

0
НАЎАЙЫДАН ҮЛКЕН  ТАБЫС ПЕНЕН...

Усы жылы 22-25-февраль күнлери Наўайы ўәлаятында жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында спорттың туран жеке гүреси түринен Өзбекстан чемпионатында районымыздан еки спортшы жеңимпаз болып қайтты. Олар балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң тәрбияланыўшылары, 2-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Айжамал Жумамуратова 1-орынды  ҳәм 5-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Лиза Өмирбекова сыйлы 2-орынды ийеледи.

Жеңимпазлар жақында район ҳәкиминиң қабыллаўында болып, өз қуўанышлары менен бөлисти.

Ушырасыў даўамында район ҳәкими Ж.Адилов жеңимпаз қызларымызды ерискен үлкен жетискенликлери ҳәм ҳаял-қызлар байрамы менен қызған қутлықлап, естелик саўғаларын тапсырды.

А.ЖИЕНБАЕВ

Районлық дене тәрбия ҳәм спорт бөлими баслығы