Ma'daniyat Халықаралық қызлар күнине арналды

Халықаралық қызлар күнине арналды

0
Халықаралық қызлар күнине арналды

 

Тахтакөпир  районындағы қәнигелестирилген мәмлекетлик  3-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде 11-октябрь - Халықаралық қызлар күни  мүнәсибети менен  районлық Кеңес депутатлары қәбилетли, китап оқыўға қызығыўшы қызлар менен ушырасыў кешесин өткерди. Кешеде қызлар өзлериниң қол өнерлерин, сүўрет салыў шеберлигин, өзлери жазған қосықларын, депутат ҳаяллар болса мийнет жолларынан,  турмыс тәжирийбелеринен айтып берди. Кеше соңында қызларға арналған миллий қәдириятларымыз сәўлеленген видео роликлер ҳәм концерт бағдарламалары қойып берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети