Siyosat Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң 33-сессиясы болып өтти

Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң 33-сессиясы болып өтти

0
Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң 33-сессиясы болып өтти

Сессия жумысына Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясы ағзасы - Махсет Утепбергенов,  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Батыр Айтеков, сондай-ақ, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мәкеме, кәрхана, шөлкемлер ҳәм пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм  райондағы ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессияның күн тәртибине муўапық, Тахтакөпир  районы аймағынан дүзилген Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши участкалық сайлаў комиссияларының қурамы ағзалығына талабанларды усыныў ҳәм тастыйықлаў, екинши мәселеде “Сақаўат ҳәм көмек” қорының районлық бөлими есабынан қаржы ажыратыў, үшинши - район аймағындағы “Жаслар дәптерин”деги жасларға “Жаслар дәптери” фондынан қаржы ажыратыў ҳаққындағы мәселелер қарап шығылды ҳәм районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети