Siyosat Бийдай орым-жыйымына старт берилди

Бийдай орым-жыйымына старт берилди

0
Бийдай орым-жыйымына старт берилди

2021-жылдың зүрәәти ушын район аймағында ҳәрекет етип турған 123 фермер хожалығы тәрепинен 3450 гектар майданға гүзлик бийдай егилген болып, мәмлекетке 6900 тонна, соннан 6040 тонна товар дән ҳәм 860 тонна туқымлық дән сатыў бойынша контрактация шәртнамалары дүзилген.
Районда 2020-жылдың зүрәәти ушын егилген гүзлик бийдайды қысқа мүддетте орып-жыйнаў мақсетинде 17 отряд шөлкемлестирилди ҳәм бул отрядларға 17 дана жоқары өнимли дән орыў комбайнлары, 51 дана жүк тасыўшы автомашина, 34 дана трактор тиркемелери, 17 көшпели устахана, 17 жанар май тасыўшы агрегатлар бириктирилди.

 

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети