Ma'daniyat Дөретиўши инсанлар менен ушырасыў кешелери өткерилди

Дөретиўши инсанлар менен ушырасыў кешелери өткерилди

0
Дөретиўши инсанлар менен ушырасыў кешелери өткерилди

15-санлы ҳәм 8-санлы орта билим бериў мектеплеринде «Ҳәр күнимиз абат болсын!», "Бес баслама-бес имканият" атамаларында әдебий үгит-нәсиятлаўшы, дөретиўши инсанлар менен ушырасыў кешелери өткерилди.

Онда мәденият ҳәм көркем-өнер жөнелиси бойынша Ташкент қаласынан, Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры, Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театры, ҳәм эстрада қосықшылығы жөнелиси бойынша белгили қосықшылар қатнасты.
Мийманларымыз тәрепинен мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кеӊ көлемли руўхый-ағартыўшылық жумыслары, пидайылық ҳәм дөретиўшилик руўхында тәрбиялаў бойынша алып барылып атырған нәтийжели жумыслар ҳаққында айрықша тоқтап өтилди.

 


Соның менен бир қатарда усы елатта мийманда болған мәденият ҳәм көркем-өнер шеберлериниң йошлы косықлары, монологлары, қуўыршақ ойын көринислери аўыл халқының нәзерине усынылды.

Г.Дәўлетмуратова