Siyosat Жаңа дүкан ашылды

Жаңа дүкан ашылды

0
Жаңа дүкан ашылды

Pайондағы бирден-бир халықтың көп жыйналатуғын азық-аўқат саўда орайы "Жақсымбаев Шарапат" атлы  шаңарақ кәрханасының кишкене дүканы екенин район халқы жақсы биледи. Себеби, арзан баҳада саўда исленгеннен соң бул дүканға ҳәр күнлик азық-аўқатлар дерлик таза ҳалда тез-тезден келип турады. Енди дүканды кеңейтиў пайыты жетти ҳәм шаңарақ кәрханасының бул арзыўы усы бүгин әмелге асырылды. Жаңа саўда орны имараты питкерилип, онда саўда ислеўши "Тахтакөпир" посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағы турғынлары болған жасы үлкен нуранийлер жыйналды. Район ҳәкимлигинен қатнасқан ўәкиллер халқымызға хызмет етиўдеги бул имараттың ашылыўы менен қутлықлады. Нуранийлер саўдаға әўмет тилеп, бундай арзанлатылған азық-аўқат дүкәны орынлары районымызда көбейиўи пүткил халқымыздың тилеги екенин билдирди. Дәстүрий қызыл лента кесилип, саўда жумыслары басланып кетти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети