Siyosat «Əҳмийетли он күнлиги» шеңберинде

«Əҳмийетли он күнлиги» шеңберинде

0
 «Əҳмийетли он күнлиги» шеңберинде

Райондағы  10 ҳəм 11-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты М. Гаиповтың депутатлар искерлигиниң «Əҳмийетли он күнлиги» шеңберинде «Қараой» ҳəм «Өзбекстан» пуқаралар жыйынындағы сайлаўшылары менен ушырасыўы болып өтти. Ушырасыўда 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясының мазмун-мəниси ҳəм де Президентимиздиң 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына хызмет сапарында белгилеп берилген ўазыйпалардың халқымыз турмысындағы  əҳмийети бойынша өз сайлаўшыларына түсиник берип өтти. Соның менен бирге халықтың мүрəжатлары тыңланды ҳəм шешими бойынша тийисли орынларға усыныслар берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.