Siyosat Картошка егисине арналған семинар кеңес болып өтти

Картошка егисине арналған семинар кеңес болып өтти

0
Картошка егисине арналған семинар кеңес болып өтти


Тахтакөпир районы «Қараой» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «Искендер тахта» фермер хожалығында картошка егиўге арналған көргизбели семинар кеңес болып өтти.
Семинар кеңеске Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министриниң биринши орынбасары Ш.Тешаев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Д.Кайпов, район ҳәкими Ж.Адилов, сектор баслықлары, районлық аўыл хожалығы, суў хожалығы, фермер хожалықлары басшылары ҳəм қыйтақ жер ийелери Кеңеси ўəкиллери қатнасты.
Семинарда шығып сөйлегенлер 2022-жылдың зүрəəти ушын шор жуўыў, бийдай тәрбиясы, картошка, соя, гешир ҳәм басқада егинлерди егиўге таярлық көриў жумыслары бойынша өзлериниң усынысларын билдирди.
Быйылғы жылы район бойынша жəми 70 гектар майданға картошка егиў режелестирилген болып, бүгин картошка егиўдиң дəслепки жумыслары баслап жиберилди.


Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.