Siyosat Ашық сəўбет өткерилди

Ашық сəўбет өткерилди

0
Ашық сəўбет өткерилди

Тахтакөпир районы ҳəкимлигиниң мəжилислер залында район ҳəкиминиң орынбасары-инвестициялар ҳəм сыртқы саўда бөлими, районлық Жаслар ислери агентлиги, мəҳəллелерге бекитилген жаслар жетекшилери ҳəм де тийисли тараў хызметкерлериниң қатнасыўында “Жаслар киши санаат зонасы”ның абзаллықлары бойынша ашық сəўбет өткерилди. Ашық сəўбетте жас исбилерменлик субъектлериниң санаат ҳәм хызмет көрсетиў тараўларындағы жойбарларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жасларға исбилерменлик жумысын баслаўы ҳәм жүргизиўи ушын жаслар санаат зоналарының аймағында өндирис майданларын бериў арқалы оларды исбилерменлик жумысына кеңнен тартыў ҳəм жасларға өз инновациялық қолланбаларын өндирис процесине енгизиў бойынша түсиниклер берип өтилди. 

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.