Siyosat Kөргизбели семинар кеңес болып өтти

Kөргизбели семинар кеңес болып өтти

0
Kөргизбели семинар кеңес болып өтти

#Зүрәәт_2021

«Қараой» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Суйин Батыр» фермер хожалығында быйылғы жылдың зүрәәти ушын жазлық бийдай егиў ҳәм боян тамыры өсимлиги плантацияларын шөлкемлестириў бойынша көргизбели семинар кеңес болып өтти.
Районда 2021-жылдың зүрәәти ушын фермер хожалықлары тәрепинен 75 тоннадан артық жазлық бийдай туқымы алып келинип, 300-350 гектар майданға жазлық бийдай егиў режелестирилди. Бүгинги күнге район бойынша 45 гектар майданға жазлық бийдай егилди.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 15-февраль күнги “Боян тамыр ҳәм басқа дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм де санаат усылында қайта ислеўди нәтийжели шөлкемлестириўге байланыслы қосымша 
ис-илажлары ҳаққында”ғы 138-санлы қарарына тийкарланып,  районда 2021-жылы аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен 520 гектар майданға боян тамыр өсимлигинен плантация шөлкемлестириў режелестирилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети