Siyosat "Белтаў"да өзгерислер болады

"Белтаў"да өзгерислер болады

0

 

Аўылларға инфраструктура барса ғана турмыс сапасы өзгереди, исбилерменлик раўажланады. Соның ушын, быйыл «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары жаңа қатнаслар тийкарында қәлиплестирилди.
"Белтаў" аўыл пуқаралар жыйыны да быйылғы жылдың бағдарламасына енгизилип, жыл басында басланып кеткен абаданланстырыў жумыслары ҳаўа райының жылыўы менен тез пәт алды. Жыйын аймағының сәнин кетирип турған  ески ири имаратлар бузылып, жаңа қурылыс жумыслары, соның ишинде аўыл жасларының әрманы есапланған қапламалы футбол стадионын қурыў режелестирилген. Район ҳәкими Жамбул Адилов тийисли тараў басшылары менен ҳәр күни бирликте алып барылып атырған жумыслар басында болмақта.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети