Siyosat Жумыссыз жаслар қусшылық пенен шуғылланады

Жумыссыз жаслар қусшылық пенен шуғылланады

0
Жумыссыз жаслар қусшылық пенен шуғылланады

Жасларды исбилерменликке қызықтырыў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийнлеў мақсетинде  3-сектор баслығы Т.Кдырбаев ҳәм Жаслар ислери агентлиги Тахтакөпир районлық бөлими баслығы Ю.Спандияровалар Тахтакөпир районы Қараой аўыл пуқаралар жыйыны   аймағында жайласқан  «Қараой Парранда» жеке меншик кәрханасына тийисли қусшылық фермасына  саяхат шөлкемлестирилди. Кусшылық фермасының баслығы  А. Рсекеев жаслар менен сәўбетлесип, оларға қусшылықты раўажландырыў бағдары бойынша түсиник берди. Қусшылыққа қызығыўшы, усы аймақта жасаўшы «Жаслар дәптери»нде жумыссыз жети жасты «Қараой Парранда» жеке меншик қәрханасына жумысқа алыўға келисип алынды.

 

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети