Siyosat Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң 25-сессиясы болып өтти

Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң 25-сессиясы болып өтти

0
Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң 25-сессиясы болып өтти

 

Сессиядағы тийкарғы итибар, район бойынша 2021-жылда әмелге асырылатуғын қурылыс-оңлаў жумысларына қаратылды.

Район аймағындағы “Тахтакөпир” аўыл пуқаралар жыйынының атамасын Агытай Адиловтың атына өзгертиў ҳаққында;

Район аймағындағы айырым фермер хожалықларының жер майданларын район ҳәкимияты жер фондына қайтарып алыў, фермер хожалықларына район ҳәкимияты жер фондынан қосымша жер майданларын ажыратып бериў ҳәм де фермер хожалықларын шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылды.

Сондай-ақ, районлық “Сақаўат ҳәм көмек” қорына түскен қаржыларының жумсалыўы бойынша мәселелер де додаланды. 

Сессияның күн тәртибинен орын алған барлық мәселелер бойынша қарарлар қабыл етилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети