Siyosat Кишкенелер ушын жаңа имарат

Кишкенелер ушын жаңа имарат

0
Кишкенелер ушын жаңа имарат

 

Тахтакөпир районындағы 2-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми район халқының перзентлерин тәрбиялаўда отыз жылдан аслам ўақыттан бери заманагөй емес имаратта мийнет етип келди. Балалар бақшасының дәслепки тәрбияланыўшылары бүгинги күнде турмыстың түрли тараўларында мийнет етип атыр.
Бүгин шөлкемниң жаңа имаратының қурылыс жумыслары толық питип, пайдаланыўға тапсырылды.
Имаратты тапсырыў салтанатына қатнасқанлар, мийнет ветеранлары шөлкем хызметкерлерин қутлықлап, алдағы жумысларына табыслар тиледи. Дәстүрий лентаны Қарақалпақстан Республикасы МШБ министри Жумагүл Уснатдинова кести.
Шөлкем имаратының сметалық қуны 3 млрд 400 млн сум болып, "Калбах" жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен қурып питкерилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети