Siyosat Ҳуқықый мәсләҳәт алды

Ҳуқықый мәсләҳәт алды

0
Ҳуқықый мәсләҳәт алды

 

Район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында “Ҳаяллар дәптери”ниң ҳуқықый мәсләҳат алыў бөлимине киргизилген ҳаял-қызларға ҳуқықый мәсләҳәт бериў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасының орынлардағы қәнигелери келип, өз кеңеслерин берди. Район аймақларынан 12  ҳаял-кыз қатнасып, баласы ушын алимент мәселесинде, ериниң некеден өтпей жургенлиги себепли алимент алып отырғанлығы, ендиги туўылажақ перзентин кимниң атына алыўы кереклиги туўралы берилген сораўларына жуўаплар алды. Пукараға алиментти тоқтатып, ери менен жақсы мүнәсибетте болып, некеден өтип алыўы-перзент тәрбиясы, шаңарақтың бузылмаўы ушын дурыс жол екени түсиндирилди.
Жай мәселесинде мүрәжат еткен пуқараға түсиндириў жумыслары алып барылды.
Ҳуқықый мәсләҳәт алыў ушын келген ҳәр бир ҳаял-қыздың мүрәжатлери тыңланып, тийисли мәсләҳәтлер берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети