Fan va ta'lim Әлипбе китабы - билимлер тийкары

Әлипбе китабы - билимлер тийкары

0
Әлипбе  китабы - билимлер тийкары

Қайсы бир тараў қәнигеси болса да, атақлы илим мамаманлары бәри-бәри дәслепки билимди әлипбеден алады. Мүлик аўылында жайласқан 16-санлы орта мектепте "Хош бол, сүйикли әлипбе!" атамасында сабақлық пенен хошласыў  кешеси болып өтти. Биринши қазақ класс оқыўшылары устазларының жәрдеми менен таярлаған қосық, жумбақ, жаңылтпашлар, нақыл-мақаллардан айтты. Хәриплерди қосып оқып берди. Перзентлериниң жаңа билим жолына қәдеми сәтли шыққанынан ата-аналар рийза екенин билдирип, устазларға миннетдаршылық билдирди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети