Fan va ta'lim Математика-пәнлердиң патшасы

Математика-пәнлердиң патшасы

0
Математика-пәнлердиң патшасы

Дурысында да математика пәни - пәнлердиң патшасы. Есап-санақсыз ҳеш нәрсе әмелге аспайды.Президентимиз айтқанындай: "Математика - барлық анық пәнлердиң тийкары. Бул пәнди жақсы билген бала ақыллы, ойлаў қәбилети жақсы болып ѳседи, барлық тараўда жақсы ислеп кетеди." 

Мектеплерде февраль айы математика ҳәм информатика пәни айлығын ҳәр жылы кең түрде ѳткериў дәстүрге айланған. Бул пән айлықлары устазлар ушын да, оқыўшылар ушын да әҳмийетли. Себеби, пән айлық даўамында кешелер, ашық сабақлар, таңлаўлар өткереди. Райондағы 8-санлы орта мектептиң пән айлығы үлкен нәтийжелер менен жуўмақланды. Оқыўшының усы пән айлығы арқалы пәнге болған қызығыўшылығын арттырыў - бул оқытыўшының жеңиси.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети