Siyosat "Маржанкөл"диң абат аўылға айланыўы ушын

"Маржанкөл"диң абат аўылға айланыўы ушын

0
"Маржанкөл"диң абат аўылға айланыўы ушын

Район ҳәкими, 1-сектор баслығы Жамбул Адилов айырым тараў басшылары менен бирге социаллық-экономикалық раўажланыў көрсеткиши пәс болған шетки аймақлардан бири "Маржанкөл" мәкан пуқаралар жыйынында болды. "Абат аўыл” бағдарламасы тийкарында әмелге асырылып атырған қурылыс, абаданластырыў ислери үйренилип, орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша жуўапкер шөлкемлерге тийисли көрсетпелер берилди. “Маржанкөл” МПЖда жасаўшы пуқара Р.Шандибаеваның келини А.Уразимбетованың жумыссызлығы себепли, өзин-өзи жумыс пенен тәмийинлеў мақсетинде  субсидия тийкарында ыссыхана менен тәмийинлеў ҳаққындағы мүрәжати бойынша районлық халық бәнтлигин тәмийинлеў бөлимине тийисли  көрсетпелер берди. Усы аўыл турғыны Б.Таекеевтиң үй алды қыйтақ жерине суў алып келиўши жаптың 400 метр жерин қазыў ушын техникадан жәрдем сораған мүрәжатына бойынша, район ҳәкими тәрепинен ирригация бөлими қәнигелерине тапсырмалар берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети