Fan va ta'lim Медицина институты оқытыўшылары мектепте

Медицина институты оқытыўшылары мектепте

0
Медицина институты оқытыўшылары мектепте

 

Қарақалпақстан Медицина Институты оқытыўшылары 10-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып,  биология-химия оқытыўшылары арасында "Иммунитет ҳәм оның организмдеги роли" ҳаққында мастер класс өтти. 
Биология илимлериниң кандидаты доцент Т. Қаражанованың "Иммунитет ҳәм оның организмдеги роли" атамасындағы презентациясы тыңланды. Оқытыўшыларға ҳәм оқыўшыларға иммунитет  системасы, оның түрлери, мәўсимге байланыслы факторлар, қандай өнимлер қабыл етип иммунитетти беккемлеўге болатуғыны ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Ассистент Р. Абзатдинованың  "Қарақалпақстанда иммунитетти көтериўши өсимликлер" атамасындағы презентациясында, аймағымызда өсетуғын дәрилик өсимликлер, олардың қайсы бөлимлери дәрилик сыпатында қолланылыўынан дәреклер келтирди. Соңынан ҚМИ оқытыўшылары менен  мектеп оқытыўшылары биргеликте Zoom арқалы   Invitation World Immunity Day  конференциясына қатнасты.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети